background

Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театры Әмиӯдәрья районында гастроль сапарында болды

17-01-2020
Jańalıqlar
521

Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театры Әмиӯдәрья районында гастроль сапарында болды

Жас әўладтыӊ театр өнерине болған қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театры түрли жанрдағы спектакллерди сахналастырып, жас тамашагөйлер итибарына усынып келмекте. 2020-жыл 17-январь күни театр жәмәәти Әмиӯдәрья районында жайласқан №24-санлы орта мектебинде  Э.Собиров авторлығындағы (режиссёр А.Қудайназаров) “Қопал қошқар” спектаклин инәм етти. Мектеп оқыӯшылары спектаклди жүдә кеўилли тамаша етти.