background

Театр – мениӊ өмирим

19-01-2021
Jańalıqlar
690

Театр – мениӊ өмирим

1982-жылы Ташкент мәмлекетлик театр ҳәм сүўретшилик көркем өнери институтын питкерип Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрына келген бир топар қарақалпақ жаслары арасында Ырзамурат Айбатов та бар еди. Дәслеп театр актёры болып дөретиўшилигин баслаған Ы.Айбатов театрға бас режиссёр болып тайынланғанға шекем бир қанша спектакллерде 100 ден аслам  образлар жаратты. Солардан, К.Рахмановтыӊ «Тоғыз тоӊқылдақ, бир шинкилдек» спектаклинде Алланиязбай, С.Хожаниязовтыӊ «Үмит ушықынлары»нда Дийқан, С.Жумағуловтыӊ «Адамлар қалай бузылған» да Ўәзир, «Күйеўиӊди берип тур» спектаклинде Манас,  А.Уталиевтыӊ «Султан Жалолиддин Мангуберди»де Тоқайхан, К.Гольдонидиӊ «Еки байға бир малай»да Сильвио, Ж.Б.Мольердиӊ «Скапенниӊ ҳийлеси» де Силвестр, К.Каримовтыӊ «Алтын теӊге»де Қарабай, А.Султановтыӊ «Ўатан топырағы»нда Палымбет сыяқлы образлар жаратып, тамашагөйлер алғысына мияссар болды. Ы.Айбатов 2005-жылы театрға бас режиссёр етип тайынланып, дөретиўшилиги даўамында 40 тан аслам түрли жанрдағы спектакллерди сахналастырды. С.Салохитдиновтыӊ «Өмир есик артында», Х.Мухаммед ҳәм А.Азизхужаевтыӊ «Күйеўлер конкурсы», Ф.Бабажановтыӊ «Анажаным, анам», К.Рахмановтыӊ «Тоғыз тоӊқылдақ бир шинкилдек», «Ҳаял тәғдири», Қ.Мәтмуратовтыӊ «Кемпирге талас», өзи авторлығындағы «Әпсана», Г.Турсунованыӊ «Сынақ», «Дослықтыӊ шеги жоқ», П.Айтмуратовтыӊ «Ана қызым, шырағым», «Арзыўлар қанатында», А.Исмайловтыӊ «Өмир сабақлары», К.Мусаевтыӊ «Ата шынығайық», Р.Ёриевтыӊ «Фермер Нурым ата», Ә.Өтепбергеновтыӊ «Арасат майданы», Ж.Махмудтыӊ «Садық дослар», сондай-ақ, өмириниӊ соӊғы күнлеринде бар күш-ғайраты, көп жыллық режиссёрлық тәжрийбеси менен сахналастырған П.Айтмуратовтыӊ «Аўылға қайтыў» спектакли тамашагөйлер тәрепинен унамлы күтип алынған спектакллерден болды. Ы.Айбатов тәрепинен сахналастырған спектакллер менен театр жәмәәти бир неше халық аралық фестивалларға қатнасты. 2007-жылы Туркменстанныӊ Ашхабат қаласында өткерилген «Миллий фольклор ҳәм театр өнери»,  фестивалы ҳәм сол жылдыӊ өзинде Мысырдыӊ Каир қаласында өткерилген XIX «Халық аралық эксперименталь театрлары» фестивалы, сондай-ақ, 2011-жылы Өзбекстан театрлары арасындағы «Сени жырлаймыз, заманлас!» 1-көрик фестивалларына қатнасып сыйлы орынларды ийеледи. Театр бас режиссёрыныӊ бул мийнетлери баҳаланып, 2011-жылы «Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен мәденият хызметкери» атағы берилди.

Өмириниӊ 38 жылын усы театрға бағышлаған Ырзамурат Айбатов 60 жасына санаўлы күнлер қалғанда бул дүньяны тәрк етти. Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театры 11-январь күни Өзбекстан Республикасына мийнети сиӊген мәденият хызметкери Ы.Айбатовтыӊ 60 жыллық юбилейине бағышлап «Театр – мениӊ өмирим» атлы еслеў кешесин өткерди. Театр жәмәәти тәрепинен таярланған марҳум бас режиссёрдыӊ өмири ҳәм дөретиўшилиги менен байланыслы түрли ўақыялардан дүзилген композиция келген мийманлар итибарына усынылды. Театр дөретиўшилери Ы.Айбатовтыӊ өзи арамызда болмаса да ол жаратқан спектакллер еле көп жыллар театр репертуарында жасайтуғынлығын өзлери таярлаған композицияда сәўлелендирди. Еслеў кешесине қарақалпақ көркем өнериниӊ бир қатар ири ўәкиллери, марҳумныӊ ағайин-туўысқанлары, жора-жолдаслары, кәсиплеслери ҳәм шәкиртлери қатнасты. Кеше соӊында Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти Р.Сапарова, Қарақалпақстан Республикасында хызмет көрсеткен көркем өнер ғайраткери Б.Утебаев, Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы доценти Ж.Хожанов, «Дослық» ордениниӊ ийеси М.Бегимов ҳәм  Т.Оразовлар шығып сөйлеп, Ы.Айбатовтыӊ өмирде кеӊ пейил инсан, талапшаӊ басшы, жанкүйер театр пидәйысы, талантлы актёр, қәбилетли режиссёр ҳәм шаӊарақта ақлықларыныӊ меҳрийбан атасы екенликлерин айтып, аўыр гүрсиниў менен еске алды. Еле жас, ғаррылық мәўритлериниӊ заўқын көрмеген Ы.Айбатовтыӊ арамыздан ерте кеткенине театр актёрлары, сондай-ақ, басқа да хызметкерлер бүгинги күнге шекем көнликпей атырғанлығы еслеў кешесинде айқын билинди. Театрда Ы.Айбатов пенен көп жыллар бирге дөретиўшилик еткен Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен артист Л.Халқназарова марҳум бас режиссёрды төмендегише еске алады: «Ол соныӊдай кеўлик пәк, кеўлинде гирбиӊи жоқ инсан еди. Егер балалар ушын спектакллер сахналастырса өзи де бийғубар балалық шақларына қайтып калғандай көринер, егер сахналастырыў барысында бизлер кеўилдегидей роллеримизди атқара алмай атырсақ бизлерге урысып, қатты-қатты бақыратуғын, бирақ жүзлери ҳәмийше күлип тура беретуғын мийирман инсан еди…»

Ы.Айбатовтыӊ өзи арамызда болмаса да оныӊ жаратқан образлары, сахналастырған спектакллери биз ушын жарқын естелик болып, репертуарымызда мәӊги жасайды.

Дариха Дарушова

Әдебий бөлим баслығы