background

Имканияты шексиз балаларға театрластырылған тамаша бийпул қойып берилди

02-12-2021
Jańalıqlar
763

Имканияты шексиз балаларға театрластырылған тамаша бийпул қойып берилди

3-декабрь – Халықаралық майыплар күни.

Халықаралық майыплар күни БМШ Бас Ассамблеясының 1992-жыл 14-октябрьдеги қарары менен ҳәр жылы белгиленип келинбекте.Буннан тийкарғы мақсет – пүткил дүньяда әмелге асырылып атырған бағдарлама ҳәм жойбарларда майыплығы болған шахслар, басқа майып болмаған адамлар менен тең ҳуқықлылық тийкарында қатнасыўын, майыплығы болған шахслардың мәплериниң, ҳуқықларының инабатқа алыныўын, барлық мәмлекетлерде олардың қәдир-қымбатын қорғайтуғын нызамлар ҳәм тәртип-қағыйдалардың енгизилиўин тәмийинлеп, ҳәмме ушын ашық ҳәм дослық болған жәмийет қурыў болып есапланады.

Бүгин, сәне мүнәсибети менен Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театры үй шәраятында тәлим алып атырған майыплығы бар балаларға бийпул тамаша қойып берди.

«Балаларға саўға» атамасындағы театрластырылған тамаша балаларымызға ҳақыйқый саўға болды. Бүгин олардың жүзиндеги қүлкини көрип өзгеше заўықландық, – дейди балалар менен бирге тамашаға келген ата-аналар ҳәм муғаллимлери.

 Театрымыз тәрепинен усынылған сахнат тамашасы ишки дүньясы гөззал балажанларымыздың ертеңги күни жәмийетте гөззал, тәкирарланбас қәбилет ийелерине айланыўына түртки болары сөзсиз.

Майыплығы болған балалардың қәдир-қымбатын асырыў, турмыслық шәраятларын жақсылаўда мәдений илажлар айрықша әҳмийетли.