Жақында Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигинде, министрлик пенен жақыннан бирге ислесип атырған, халқымыздың ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятын жоқарылатыўда, жаңадан қабыл етилип атырған нызамшылық ҳүжжетлериниң мазмун-мәнисин жеткериўде өз үлеслерин қосып атырған белсендилер мүнәсип сыйлықланды. Олар арасында Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрынан Нуратдинов Марс Мустафаевич, Раметуллаева Алима Базарбаевна, Уразбаева Севара Рустамовналар да бар. Оларға министрлик атынан шексиз миннетдаршылық билдирилди.