background

Бирқатар тараў хызметкерлери хошаметленди.

11-11-2023
Yangiliklar
334

Бирқатар тараў хызметкерлери хошаметленди.

Бүгин Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрында болған илажда тараўда узақ жыллар даўамында хызмет етип киятырған хызметкерлер хошаметленди.

Дәслеп О.Назарбеков бирнеше жыл даўамында Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри лаўазымында жемисли жумыс алып барған Қалбай Турдиевты ортаға мират етип, оның усы күнге шекем мәденият ҳәм көркем өнер тараўын раўажландырыўға қосқан үлкен үлеси ҳаққында айтып өтип, соңғы жылларда тараўда әмелге асырылған жаңалық ҳәм өзгерислерде Қ.Турдиевтың искерлигине жоқары баҳа берди ҳәм тайынланған жаңа лаўазымында да әўмет ҳәм табыслар тиледи.

Соның менен бирге тараўдағы көп жыллық минетлери есапқа алынып «Айқулаш» Қарақалпақ мәмлекетлик миллий фольклор ансамблиниң музыкалық жақтан басшысы Абдижамилов Султамаурат Палўаниязович ҳәм усы ансамбльдин қосықшысы Айымбетова Гүлхатиша Аймановна, Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театры актёри Арзиев Саламат Абдирахманович, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры актрисасы Мәмбетмуратова Мийригүл Полатбаевна, ҳәм Төрткүл районы Мәденият бөлиминиң көркем басшысы Аллабергенов Иззат Алимовичлар «Мәденият ҳәм көркем өнер пидайысы» көкирек белгиси менен сыйлықланды.

Сыйлықларды Өзбекстан Республикасы Мәденият министри О.Назарбеков, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының Орынбасары Р.Сапарбаев тапсырды.

Министрликтиң мәлимлеме хызмети.