Усы жылдың 22-декабрь күни театрымыздың дөретиўшилик жәмәәти Ю.Х.Турақулов атындағы Республика қәнигелестирилген эндокринология илимий-әмелий медицина орайы Қарақалпақстан филиалында емленип атырған наўқаслардың байрам қарсаңында кеўиллерин көтериў, оларға мәдений заўық бағышлаў мақсетинде Е.Собировтың “Қопал қошқар” ертек спектаклин усыныс етти.
