Қырық төрт жыллық тарийхқа ийе Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театры 8-сентябрь күни өзиниӊ жаӊа мәўсимин У.Шекспир авторлығындағы ҳәм А.Қудайназаров тәрепинен сахналастырылған «Ромео ҳəм Жульетта» спектакли менен ашты.
Мәўсим ашылыўында Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Қ.Турдиев, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти Р.Сапаровалар қатнасып Театр жәмәәтин жаңа мәўсимниң ашылыўы менен қутлықлады.
Саҳнадағы сол дәўирди сәўлелендирген саҳна декорациялары театр актёрлары менен толысып, тамашагөйлердиң ой қыйалын, бир дықкат итибарын тартып Шекспир жазып кеткен қаҳарманлар қарақалпақ тилинде сойлей баслады. Зал болса театр ықласпентлери менен тола.
Жыллыр даўамында театр саҳнасында түрли жанрлардағы спектакллер саҳналастырылып театр репертуары қунлы спектакллер менен байып келмекте.
Театр жәмәәти өзиниң 44 мәўсимин дуньяға белгили классикалық шығарма менен ашыўында да үлкен мәни бар. Себеби бул да театрдың үлкен жетискенлиги.
Бир бирине душпан еки шаңарақта өскен Ромео ҳәм Жулеттаның мухаббат тарийхы, қарама-қарсылықларға толы, шийеленискен ўақыяларды өз ишине алған бул спектаклди келген тамашагөйлер үлкен қызығыўшылық пенен тамашалады.
Ш.Яхияева театр хызметкери