Бүгин Татарстан Республикасы Мәденият министри Ирада Хафизяновна, Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Бегис Жумабаевич пенен биргеликте Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында мыйманда болды. Келген мийманларды театр директоры Ажинияз Кенджаевич күтип алды.
Соңынан театр директоры А.Шарипов театр жәмәәти менен таныстырды ҳәм келген мийманларға театр репертуарындағы Татарстан драматургы Т.Миннуллин қәлемине тийисли, Амангелди Кудаиназаров тәрепинен сахналастырылған «Бир қызға төрт ашық” комедиясы инәм етилди.
Kanalǵa aǵza bolıw: https://t.me/kk_tyuz