background

Кәсиплик аўқамлары күни кең түрде белгиленди

09-11-2022
Jańalıqlar
1037

Кәсиплик аўқамлары күни кең түрде белгиленди

Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында  «Кәсиплик аўқамлары – Инсан қәдири ушын» атамасындағы байрам кешеси болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев қатнасып, елимизде инсан қәдири ушын принципи тийкарында алып барылып атырған кең көлемли реформаларға тоқталып өтти ҳәм бүгинги байрам мүнәсибети менен қызғын қутлықлады.

Буннан соң кәсиплик аўқам белсендилерине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң көкирек белгилери ҳәм ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.

Байрам илажы даўамында көркем-өнер тараўы хызметкерлери тәрепинен концерт бағдарламасы қойып берилди. Илажда Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрының талантлы актёры П.Төлегенов баслаўшылық қылды.