
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети Раёсатының 2018-жыл 9-июльдағы 97-санлы мәжилис баянламасы менен тастыйқланған ис-иләжлар режесиниң 31-бәнтине муўапық «Тараў қәнигелери, белгили эстрада қосықшылары, актёрлардан ибарат үгит-нәсиятлаў топарларының шетки аймақларда жайласқан мәкан пухаралар жыйынларда дөретиўшилик кеше ҳәм сергекликке шақырыў формасындағы илажларды шөлкемлестириў» мақсетинде Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театры тәрепинен ислеп шығылған ис-режеге муўапық усы жылдың феврал айында театр жәмәәти Төрткул районының Мискин АПЖда дөретиўшилик сапарда болып, райондағы 26-санлы улыўма билим бериў мектеби оқыўшыларының итибарына Э.Собировтың «Қопал қошқар» ертек спектаклин инәм етти.