background

ЖАҢА ПРЕМЬЕРА!!!

06-05-2022
Jańalıqlar
888

ЖАҢА ПРЕМЬЕРА!!!

Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен көркем өнер ғайраткери П.Айтмуратовтың қәлемине тийисли “Тоғайдағы байрам” атлы (Қарақалпақ халық ертеклерине тийкарланып жазылған) спектакльдиң премьерасы болып өтти.

Премьераға Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалының оқытыўшы ҳәм студент жаслары, сондай-ақ мектеп оқыўшылары қатнасты.

– Спектакльди сахналастырыў ушын ең дәслеп роллерге сәйкес келетуғын актёр ҳәм актрисалар таңлап алынды. Олар менен биргеликте 3 ай даўамында тынымсыз таярлық алып бардық. Тамашагөйлерде спектакль унамлы тәсир қалдырыўы ушын биз бар шеберликлеримизди көрсетиўге ҳәрекет еттик. Сахна артында художник С.Даўлетов, музыкаларын жазған Д.Абдимов, балетмейстер Е.Есемуратовлар менен биргеликте дөретиўши топарымыздың тынымсыз мийнетлери бар. Тамашагөйлерден унамлы пикирлер күтип қаламыз, – дейди сахналастырған режиссёр, Мәденият ҳәм көркем өнер пидәкери Роза Пиязова.

Спектакльде сөз етилген ең тийкарғы тема – инсаныйлықтың ең уллы пазийлетлерин қәдирлеў ҳаққында. Жоқары пазийлетлерди өзинде жәмлеген адамлар ғана кәмил инсан дәрежесине көтериле алады деген баслы идеяны келешек әўладларымызға түсиндириў ҳәм әмел етиў кереклиги баслы мәселеге көтерилген. Спектакльдеги унамлы ҳәм унамсыз образларды, театрымыздың белгили жас актёр ҳәм актрисалары шеберлик пенен атқарды.

Спектакль – мектеп оқыўшылары менен бир қатарда үлкен жастағы тамашагөйлерге де өзгеше заўық бағышлады.