background

Театр жәмәәти гастрол сапарында

02-08-2022
Jańalıqlar
797

Театр жәмәәти гастрол сапарында

Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасы, Өзбекстан Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы Басқармасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы мəденият министрлиги менен биргеликте тастыйықланған Қарақалпакстан Республикасы аймағында «Жаслар» дəптерлерине киритилген жаслар ушын қала ҳәм районларда шөлкемлестирилетуғын мəдений-ағартыўшылық илажларының реже кестесине муўапық Қарақалпақ мəмлекетлик жас тамашагөйлер театры жәмәәти 1-август күни Тахтакөпир ҳәм Қараөзек районларында, 2-август күни Шымбай ҳәм Кегейли районларында гастрол сапарында болып, жыйналғанларға театр репертуарындағы Т.Миннулинниң «Бир қызға төрт ашық» спектакли бийпул қойып берди. Режиссёр А.Қудайназаров тәрепинен саҳналастырылған комедия жанрындағы бул спектаклди тамашагөйлер үлкен қызығыўшылық пенен тамашалады.

Шахноза Яхияева-театрдың режиссёр асиссенти