background

Нуранийларға ҳүрмет ҳәм иззет көрсетилди

04-08-2022
Jańalıqlar
842

Нуранийларға ҳүрмет ҳәм иззет көрсетилди

Нөкис қаласындағы «Султан сарай» ресторанында Өзбекстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм нуранийларды қоллап-қуўатлаў министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң шөлкемлестириўинде  «Нуранийларға ҳүрмет ҳәм иззет» атамасындағы ушырасыў кешеси болып өтти.

Пайтахтымыздағы пайызлы орынлардың бири болған бул майданға Симфониялық оркестр сазлары астында республикамызда түрли тараўларда жемисли мийнет етип, өзлериниң пидәкерлик мийнет менен халқымызға өрнек болып киятырған нуранийлар мирәт етилди. Бул иләжға Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрынан театрымызда узақ жыллар даўамында жемисли мийнет етип киятырған Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен артист Жигербай Абдимов, Мәденият ҳәм көркем өнер пидәйысы көкрек белгиси ийеси Роза Пиязовалар қатнасты.

Әлбетте театрға өмирин бағышлаған кәсиплеслеримиздиң қарақалпақ театр көркем өнерине қосып киятырған үлеслерин есапқа алып, олардың мийнетлерин жасларға үлги етип атырғанлығы жәмәәтимиз ушын үлкен қуўаныш.

Шахноза Яхияева-режиссёр асиссенти