background

«Биз коррупцияға қарсымыз»

24-11-2022
Jańalıqlar
1097

«Биз коррупцияға қарсымыз»

Коррупцияға қарсы гүресиў Республикамызда мәмлекетлик сиясаттың ең тийкарғы бағдарларынан бирине айланды. Буны соңғы жылларда  тараўға байланыслы қабыл етилген  концептуал әҳимийетке ийе  норматив-ҳуқықый  ҳүжжетлер, коррупцияның алдын алыўға қаратылған административлық реформалар мысалында көриўимиз мүмкин.

Бүгин Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында «Биз коррупцияға қарсымыз» сүрени астында семинар өткерилди.

Өткерилген иләжға Қарақалпақстан Республикасы Прокурорының аға жәрдемшиси Елмуратов Дәўлет Мархабаевич, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги жанындағы тергеў басқармасының ең әҳмийетли ислер бойынша тергеўшиси Сағатдин Нуратдинов, театр директоры Ажинияз шарипов ҳәм театр жәмәәти қатнасты.

Иләжда шығып сөйлегенлер бундай семинарлар, Өзбекстан Республикасының «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Нызамы ҳаққында мағлыўмат берип, коррупцияға қарсы гүресиў тараўдағы хуқықый мүнәсебетлерди толық нызамлы тәртипке салыўға, мәмлекетлик органлар, шөлкемлер ҳәмде пуқаралық жәмийети институтлары тәрепинен әмелге асырылып атырған коррупцияға қарсы ис-илажлардың нәтийжелилигин  асырыўға, пуқаралардың ҳуқықый аңы ҳәм ҳуқықый мәдениятын асырыў арқалы жәмийетте коррупцияның ҳәр қандай көринислерине қарсы гүресиў көнликпелерин сиңдириўге хызмет қылатуғынлығы ҳаққында айтып өтти.

 Ш.Яхияева театрдың режиссёр асиссенти