background

Уллы ойшыл бабамыз Абу Райхан Беруний туўылғанына 1050 жыл толыўы мүнәсибети менен бир қатар илажлар өткериледи

27-09-2023
Jańalıqlar
592

Уллы ойшыл бабамыз Абу Райхан Беруний туўылғанына 1050 жыл толыўы мүнәсибети менен бир қатар илажлар өткериледи

 

Усы жылдың 25-сентябрь күни Беруний районында кең көлемли ҳәм кең қамтыўлы илажлары өткерилиўи режелестирилген. Бул бойынша ҳүрметли Президентимиздиң арнаўлы қарары қабыл етилген болып, усы тийкарда уллы ойшыл бабамыздың юбилейи YUNESKOның 2022-2023-жылларда белгиленетуғын халық аралық юбилейлери қатарына киргизилген еди.

Абу Райхан Беруний өз заманының көпшилик пәнлерин, биринши нәўбетте астрономия, физика, мәденияттаныў, география, геология, этнология, тарийх, жәмийеттаныў, тил илими пәнлерин пуқта ийелеген ҳәм усы пәнлер раўажланыўына үлес қосқан белгили алым болды. Усының нәтийжесинде оның аты жәҳән илим дүньясының уллы ойшыллары қатарынан орын алды. Беруний өз дәўириниң илим-пәниниң түрли тараўларына тийисли 160 тан артық қунлы шығармалар дөретти.

Буннан 10 әсир алдың жазып қалдырылған ҳәм тарийх бетлерине мөрленген бул шығармалар бүгинги илим-пәнниң жетискенликлериниң тийкарын қурамақта.

Ол өз дәўириниң, оннан соңда ҳәм бүгинги күнниң де астрономия бойынша илимниң нәзик тәреплерин терең аңлаған жетик маманларынан саналады.

Ҳәзирги ўақытта, Беруний бабамыздың юбилейи дүньяның көплеген мәмлекетлеринде кең түрде белгиленбекте.
Алымның жәҳән раўажланыўына қосқан үлеси бүгинги күн илим-пәни раўажланыўында әҳмийетли орын ийелейди.

Дерек: @joqargikenes