background

Қырғызстан Республика Бишкек қаласында «Арт ОРДО 2023» IX халықаралық театр фестивалы болып өтти.

03-10-2023
Yangiliklar
612

Қырғызстан Республика Бишкек қаласында «Арт ОРДО 2023» IX халықаралық театр фестивалы болып өтти.

     

?Усы жылдың 25-30-сентябр күнлери аралығында Қырғызстан Республика Бишкек қаласында «Арт ОРДО 2023» IX халықаралық театр фестивалы болып өтти. Усы фестивалда Қазақстан, Қырғызстан, Рассия, Туркия, Өзбекстан, Азербейжан, Беларусия мәмлекетлеринен қатнасқан театр дөретиўшилери түрли жөнелис ҳәм жанрдағы спектакллерди тамашагөйлер нәзерине усынды. Фестивалға Қарақалпақ мәмлекетлик  жас тамашагөйлер театры дөретиўши жәмәәтиде қатнасты.

Жоқары дәрежеде өткерилген фестивалда Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер  театры дөретиўшилик жәмәәти «Қорқыт ата»  спектаклин тамашагөйлер  нәзерине  усынды, ҳәм  театрымыз жас режиссёры Султан  Қаллибеков  «Ең күшли дебют спектакли» ушын  номинациясы менен  сыйлықланды.

Театр  дөретиўшилик жәмәәтине  алдағы  жумысларында   үлкен табыслар  тилеп  қаламыз.

Kanalǵa  aǵza  bolıw: https://t.me/kk_tyuz