background

Берекет бирликте жаксы адамлар.

16-04-2020
Новости
685

Берекет бирликте жаксы адамлар.

Уақыт емес отыратуғын сығылып,

Түлки,тышқан қалды инге тығылып,

«Үйде отыыыр»сәўирлемей шығынып,

Жарық күнди күтсең,жаксы адамлар.

Журт  басым не айтса қулақ салайық,

Бул көринбес ,,апатшылық,халайық,

Усындайда мүриўбетли болайық,!,

Берекет бирликте дана адамлар!

Адамзатлык апат жеңил ойламаң,

Ишкен жегениңди айтып тойламаң,

Бойың узын,шалшық суўда бойламаң,

Сәл азырақ сабыр әйлең, адамлар.

Елде бар нәгиран,жесир-жетимлер,

Өзиңнен аўысса жәрдем етиңлер,

«Бул да бир қыл көпир» аман өтиңлер,

Дүнья қолдың кири сақый адамлар.

Биреу қыйналып тур, даўасын таппай,

Жутарға дүньяның ҳаўасын таппай,

Қазанға саларға наўасын таппай,

Жүргенлер не қылар енди адамлар?!!!,

Пейлиңди кеңге сал зәрре тырыспаң,

Әпшериң қашады сәл- пәл урыссаң,

Қолың таза болса өзиң дурыссаң,

Шайтанға ҳай бериң ,жаксы адамлар.!

Ябы шықса тулпар менен жарысып,

Шаң шашады  табан жолға тарысып,

Жақсы сөз айталмас жағы қарысып,

Өзин иштен жейди нәмарт адамлар.

Ғәнийметдур бул  дүньяға  келгениң,

Бахыт емес ,жыллап жыйнап тергениң,

Пазыйлетсиз болсаң — тири өлгениң,

Сақыйлар жәннети болар адамлар.

Дүньяда не артық шыбын жаныңнан,

Үмитлер парлайды атар таңыңнан,

Қутыламыз  пандемия залымнан,

Бир жеңнен қол шығарайық,адамлар.

Нуўдың кемесине минип алғанбыз,

Дорбаларға азық түлик салғанбыз,

Тышқанның қылығын билмей қалғанбыз,

Бул бир түстей болып қалсын ,адамлар.

Асып тасқынламай шүкир етейик,

Бүгин тоқтаў айтпай енди нетейик!?

Ана халқым!!максетлерге жетейик,

Сизлер менен киндигим бир,адамлар!!!

Гулистан Даулетова 15 .04 . 2020