background

Гастрол басланды

20-11-2023
Новости
747

Гастрол басланды

 

Алдын хабар бергенимиздей бүгин 20-ноябрь күни Өзбекстан мәмлекетлик жас тамашагөйлер театры дөретиўшилик жәмәәти Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында гастроль сапарында. Сапар даўамында Өзбекстан мәмлекетлик жас тамашагөйлер театры дөретиўшилик жәмәәти Қарақалпақстан Республикасындағы мектеп оқыўшылары ушын  «Балажан ҳәм Мадагаскар» спектаклин тамашагөйлер нәзерине усынды.

Спектакль музыка ҳәм аяқ ойыннан ибарат болып, заманагөй мультфильм қахарманлары арқалы дослық, өз-ара исеним ҳәм мийнетсүйгишлик сыяқлы пазыйлетлер ҳаққында сөз етиледи.