background

Тараў жумыслары додаланды

22-09-2023
News
544

Тараў жумыслары додаланды

Тараў жумыслары додаланды

Бүгин Жас тамашагөйлер театрында Мәденият министри Б.Темирбаев басшылығында мәденият тараўының басшы хызметкерлери қатнасыўында кеңейттирилген тәризде мәжилис өткерилди.

Онда жақында ғана Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының мәденият ҳәм көркем тараўы ўәкиллери менен өткерилген ушырасыўында атап өтилген кемшиликлер ҳәм оларды қысқа ўақыт ишинде сапластырыў илажларын көриў бойынша тийисли мәкеме басшыларына анық тапсырмалар берилди.

Атап айтқанда мәмлекетлик театрлардың репертуарынан орын алған спектальлерди сахналастырыў жумысларының кешигиўи, концерт-тамаша шөлкемлери тәрепинен қала ҳәм районлық мәденият орайларында, балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплеринде «Устаз шәкирт», «Шеберлик сабақлары»н өз ўақтында өткерилмегенлиги сынға алынды.

Сондай-ақ, мәжилисте алдағы ўақытларда өткерилетуғын фестиваль ҳәм көрик таңлаўларға таярлық көриў, гүз-қыс мәўсимин бийталапат өткериў ушын барлық зәрүр илажларды көриў, ең баслысы жумысларды системалы түрде даўам еттириў бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.

Дерек: Министрликтиң мәлимлеме хызмети.
instagram (https://www.instagram.com/madeniyat.uz/) | facebook (https://www.facebook.com/profile.php?id=100088771038670&mibextid=ZbWKwL) | telegram (https://t.me/kulturapressaRK)